Жаслар арасында ғалабалық спортты раўажландырыў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде Шымбай районы Прокуратурасы басламасы менен 18-30 жас тайыпасындағы ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында спорттың «Веломарафон» түринен беллесиў шөлкемлестирилди.
Беллесиўде 100 ден аслам жаслар қатнасып, 15 километр аралықты басып өткен кеўилли спортшылардан жеңимпазлар анықланды.
Ерлер арасында:
1-орын Маманбий Худайбергенов;
2-орын Ҳасылбек Идиетов
3-орын Таңырберген ϴтегеновлар жеңимпаз болды.
Ҳаял-қызлар арасында:
1-орын Сановар Мадиярова
2-орын Индира Тлепова
3-орын Гүлшат Ержановалар жеңимпазлықты қолға киритти.
«Веломарафон» да жеңимпаз болған жасларды Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими баслығы И.Зарликов, Жаслар аўқамы жергиликли Кеңеси баслығы С.Жолымбетова, Дене-тәрбия ҳәм спорт бөлими баслығы Р.Абдиганиевлер қутлықлады ҳәм спортшы жаслар район Прокуратурасы тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.