2019-жыл апрель айының ишинде К.Н өзиниң танысы болған пуқара М.Сның Шымбай районы, Бахытлы АПЖ үйинде М.Сқа тийисли болған үйдиң қонақ бөлмесинде сақлаўлы турған 150 килограмм, баҳасы бир килограммы 287.100 сум минерал төгинин, базар баҳасы 600.000 сум болған мотопила үскенесин, 5 литр 32.505 сум майын, баҳасы 120.000 сўм болған куваласын ҳәм үйиниң қасында жайласқан қорасының есигин нызамға қарсы рәўиште бузып кирип, қорасы ишинде 17 дана 500 литр 2.450.000 сум болған жанар май, диаметри 40 мм болған 7 дана жəми 30 метр узынлықтағы баҳасы 12.000 сум болған жәми 360.000 сум металл трубаларын, қорасына жақын жерде жайласқан гөне жайының ишинде турған бир дана 4 к/ват 1500 об болған базар баҳасы 800.000 сум двигатель моторы хәмде бир дана 7.5 к/ват 2800 об болған базар бахасы 1600.000 сум двигатель моторы үскенелерин ҳеш кимге билдирместен өзгениң мал-мүлкин жасырын рәўиште урлап алып шығып талан-тараж қылып, пуқара М.Сқа жəми 6.249.505 сўмлық материаллық зыян келтирген.
Жынаят ислери бойынша Шымбай районы суды тәрепинен Шымбай районы Бахытлы АПЖ аймағында көшпели суд мәжилисинде судланыўшы К.Нға қарсысына Өзбекстан Республикасы ЖКниң 169-статьясы 2-бөлими “в” бәнти менен айыплы деп табылып, суд ҳүкими оқылып, суд ҳүкими менен дүзетиў иси жазасы тайынланды.
Буннанда нәтийже шығармаған судланыўшы К.Нға 2020-жылда қарсысына Шымбай районы Пробация тәрепинен дүзетиў иси жазасы орынлаўдан бас тарқанлығы ушын ис материаллары топланып судқа усыныс киритилди.
Нәтийжеде Шымбай районы Пробация тәрепинен усыныс қанаатландырылып К.Нның өтелмеген дүзетиў иси жазасы сол мүддетке еркинен айырыў жазасына алмастырылды.
Жынаят ислери бойынша Шымбай
районы судының баслығы: А.Хожанов