Шымбай районында исбилерменлик пенен шуғылланыўды өз алдына мақсет қылған жаслар ушын район Прокуратурасы, Жаслар ислери агентлиги, Саўда-санаат палатасы, комерциялық банк филиаллары, Салық инсфекциясы ўәкиллери қатнасында «Жаслар:1+1» бағдарламасы тийкарында райондағы «Жаслар дәптери»не киритилген 80 жас ушын оқыў семинары басланды.
Шымбай кәсип-өнер мектеби ҳәм 49-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген оқыў семинарда жасларға исбилерменликти баслаў тәртиби, талап ҳәм усыныс, маркетинг, жеңиллетилген кредитти алыў тәртиби, бренд, салық жеңилликлери бойынша тийкарлы мағлыўматлар түсиндирилди.
48 саат даўамында жаслар исбилерменлик бойынша пайдалы болған көплеген мағлыўматлар алады ҳәм жеңиллетилген кредитке ийе болады.