“Кеңес” аўыл пуқаралар жыйынында 15 жасқа бир гектардан егислик жер майданы ажыратылды

“Кеңес” аўыл пуқаралар жыйынында 15 жасқа бир гектардан егислик жер майданы ажыратылды

16.02.2021 11:20:58 220 Баспаға шығарыў

Аўыл хожалығында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды қоллап-қуўатлаў, аўыллық орынларда жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Шымбай районы “Кеңес” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында фермер хожалықлары негизинде 15 жасқа бир гектардан егислик жер майданы ажыратылды.
район ҳәкими А. Тажетдиновтың усынысы тийкарында фермер хожалықлары ийелери тәрепинен жасларға берилген жерлер, түрли палыз егинлерин егиў ҳәм суўғарыў ушын жүдә қолайлылығы, сондай-ақ ерте бәҳәрден егин егиўге таяр ҳалда берилген егислик жер майданлары, жаслардың қосымша дәраматына тийкар болып хизмет қылады.
Район ҳәкими жер майданы ажыратылған жасларға егер егин егип, көп дақыл алып, мийнет етиўден жалықпайман десе, бундай жасларға көбирек егислик жер майданын ажыратып бериўде әмелий жәрем беретуғынлығын атап өтти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content