Район орайындағы “Көкши қала” макан пуқаралар жыйыны аймағында жас исбилермен Жәнибек Пирниязов тәрепинен қурылған “Жаслар мийнет гүзары” комплексиниң ашылыў мәресими өткерилди.
Бунда район ҳәкими А.Тажетдинов т жасларға берилген кең имканиятлардан үнемли пайдаланған исбилерменге өзиниң тилеклерин билдирип өтти. Исбилермен Ж.Пирниязов “Жаслар келешегимиз” қоры арқалы 500 миллион сўм жеңиллетилген кредит алыў арқалы, комплекс қурылысын баслаған еди. Ҳәзирде 11 жасты усы комплексте бәнтлиги тәмийинленди. Жәнеде бул мийнет гүзарында жақын күнлерде жаслар ушын шет тиллерин үйретиўге бағдарланған оқыў орайының да ис баслаўы режелестирилген.