Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги жигирма биринши сессиясы болып өтти. Сессияға район ҳәкими А.Тажетдинов районлық Кеңес депутатлары, сектор басшылары ҳәм кәрхана мәкеме шөлкем басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сондай-ақ сессияға Ѳзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты А.Данияров қатнасты.
Сессия күн тәртибинде төмендеги мәселелер қарап шығылды.
- Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында 27-январь күни болып ѳткен видеоселектор мәжлисинде белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Ҳәр бир жасқа бир гектар” жойбары шеңберинде, район аймағындағы “Жаслар дәптери”не киритилген жасларға, “Ҳаяллар дәптери”не киритилген ҳаял-қызларға ҳәмде “Темир дәптери”не киритилген пуқараларға ажыратылған қаржыны мақсетли жумсаў сондай-ақ “Мәҳәллебай” үйрениўлер нәтийжесинде алып барылып атырған жумыслар ҳәмде район аймағындағы социаллық жәрдемге мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында.
- Район аймағындағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында аўыл-хожалығы ушын мөлшерленбеген жерлер ушын юридикалық ҳәмде физикалық тәреплер бойынша бирден-бир муғдарларда белгиленген базалық салық ставкаларына киритилип атырған кемейиттириўши ҳәм асырыўшы коэффицентлерди қолланыў ҳаққында.
- Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёёв басшылығында 2020-жыл 30-ноябрь күни кеңейттирилген тәризде ѳткерилген мәжлис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде,
- Қарақалпақстан халық муғаллими, “Қарақалпақстанға мийнети сиңген жаслар устазы” Е.Таженовтың 80 жыллық юбелей жасын белгилеў ҳәм қаржы ажыратыў ҳаққында.
- Районымызда жаңадан шѳлкемлестирилип атырған “ШЫМБАЙ-ТВ” телеканалына қаржы ажыратыў ҳаққында.
- Шымбай Педогогика колледжин 2020-2021 оқыў жылын баслаў ушын оқыўшылардың ата-аналарынан алынған социаллық сораўнамалардың нәтийжелери ҳаққында мәселелер көрип шығылып тийисли қарарлар қабыл етилди.
Сессия өз жумысын жуӯмақлағаннан соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 12 –жалпы мәжлисинде мақулланған Нызамлар көрип шығылған мәселелер ҳәмде быйылғы « Жасларды қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм халық саламатлығын беккемлеӯ» жылында әмелге асырыӯға қаратылған мәмлекетлик дәстүр мазмун-мәнисин халық арасында түсиндириӯ сондай-ақ Сенатқа келип түскен пуқаралар мүрәжетлерин үйрениӯ бойынша Олий Мәжлис Сенаты ағзасы А.Данияров жыйналғанларға кең түрде түсиник берип өтти.