Әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиўдиң тийкарлары

Әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиўдиң тийкарлары

10.02.2021 10:45:26 250 Баспаға шығарыў

Экономикалық судларында исти көриў буйрық тәртибинде (суд буйрығы) ҳәм улыўма тәртипте (даўа арза) әмелге асырылып келди.

Буйрық тәртибинде тек даўсыз талаплар, улыўма тәртипте болса даўлы талаплар шешиледи.

Усыған сай түрде даўа суммасы кем болған ислердиң саны да өсип бармақта.

Даўа суммасы кем болған ислер қағыйда түринде бир яки еки суд мәжлисинде шешиледи, бирақ судьялар узақ ўақыт сарыпланатуғын барлық процессуал процедураларға әмел қылыўға мәжбүр.

Даўа суммасы кем болған даўлар бойынша ислерди тезлик пенен көрип шығыў ҳәм суд ҳүжжетиниң орынланыўын тез тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 20-март күнги “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы ЎРҚ-531-санлы Нызамы менен Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси әпиўайыластырылған тәртипте ис жүритиў деп аталған жаңа бап пенен толтырылды.

Даўа суммасы кем болған даўларды әпиўайыластырылған тәртипте шешиў Россия Федерацияси, Қазақстан ҳәм басқада мәмлекетлердиң нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген.

Киргизилген өзгериске көре, егер даўаның баҳасы юридик шахсларға базалық есаплаỹ муғдарыныӊ 20 есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге берилген даўа арзалар бойынша 5 есесинен аспаса бундай ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылатуғынлығы белгиленди.

Әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип шығылатуғын ис бойынша даўа арзасы Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 149-статьясында нәзерде тутылған талапларға муўапық болыўы керек, бундай даўа арзаларға усы Кодекстиң 151-статьясында нәзерде тутылған ҳүжжетлер, сондай-ақ даўа арзасының ҳәм қосымша қылынып атырған ҳүжжетлердиң жуўапкерге тапсырылғанлығы ҳаққындағы дәлиллер қосымша қылынады, яғный бундай даўа арзалар бойынша даўа арзаның көширмеси почта байланыс бөлими арқалы жиберилместен жуўапкерге шахсан тапсырылыўы лазым.

Жуўапкер даўа арзасының көширме нусқасы өзине тапсырылған пайыттан баслап 15 күнлик мүддетте судқа жазба пикирин усыныўға ҳақлы. Жазба пикирге оның нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады.

Судья даўа арзасын өндириске қабыллаў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарады.

Әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги ис даўа арзаны өндириске қабыллаў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап 20 күннен аспаған мүддетте судья тәрепинен жеке тәртипте көрип шығылады, бунда ис суд мәжлиси өткерилместен, тәреплерди шақыртырылмастан ҳәм олардың түсиндирмелерин еситпестен көрип шығылады.

Суд тәреплер усынған ҳүжжетлерде баян етилген түсиндирмелерин, наразылықларын яки ўәжлерин тексереди, дәлиллер менен танысады, затлай түриндеги дәлиллерди көзден көширеди ҳәм ҳал қылыў қарарын қабыл қылады.

Әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрилген ис бойынша ҳал қылыў қарары ихтиярый тәртипте орынланады. Бундай ҳал қылыў қарары егер апелляциялық арза берилмеген болса, қабыл қылынғанынан кейин он күн өткеннен соң нызамлы күшине киреди. Егер ҳал қылыў қарары нызамлы күшине киргенге шекем ыхтиярый орынланбаған болса, даўагер судқа орынлаў хат бериўди сорап илтимаснама береди ҳәм усы илтимаснама тийкарында суд белгиленген тәртипте орынлаў хат береди.

Әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрилген ис бойынша ҳал қылыў қарары үстинен берилген апелляциялық арза судқа келип түскен күннен баслап 15 күн ишинде көрип шығылады.

Әпиўайыластырылған тәртипте исти көриў даўа суммасы кем болған даўлар бойынша ислерди тезлик пенен көрип шығыў ҳәм суд ҳүжжетиниң орынланыўын тез тәмийинлеў имканиятын береди, бундай ислердиң көрип шығыў процессин тезлестиреди.

 

 

 

 

Н.Балтабаева,

Шымбай районлық

экономикалық суды судьясы.                               

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content