Шымбай районлық халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 26-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде түркий халықлар әдебиятының көрнекли ўәкили, өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Алишер Наўайының туўылғанына 580 жыл толыўы мүнәсибети менен кеше болып өтти.
Алишер Наўайының бай ҳәм көп қырлы дөретиўшилиги тек ғана өзбек әдебиятында емес, соның менен бирге, дүнья әдебиятында да салмақлы орынға ийе. Әсиресе, «Ҳамса» дәстаны Наўайы дөретиўшилигиниң ең бийик шыңы болып табылады. Бул шығарма өзбек әдебиятының даңқын дүньяға көрсетип, жәҳән әдебиятының ең жақсы үлгилериниң бирине айланды.
Наўайының дөретиўшилигине нәзер аўдарсақ, поэзияның 16 түрли жанрында дөретиўшилик еткенлигин көриў мүмкин. Усындай жанрларда Наўайы сыяқлы дөретиўшилик еткен шайырлар дерлик жоқ. Уллы шайыр қосық жазғанда тек ғана өзбек тилиниң емес, ал басқа да тиллерден нәтийжели пайдаланған.
Илажды шөлкемлестириӯшилер өзбек тили пәни муғаллими Б.Аллахова ҳәм жаслар аӯқамы жетекшиси Есбергенова Мийригуллер тәрепинен оқыӯшы жаслар арасында әдебий жарыслар шөлкемлестирди.
Илаж даӯамында мектептиң талантлы жаслары атқарыўындағы уллы тулғамыздың өмири ҳәм дөретиўшилиги сәўлеленген сахналық көринислери және концерт бағдарламасы менен даўам етти.