Бәршемизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы Пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў 2022-жылда өткерилиўи белгиленген еди. Халықты дизимге алыў илажи кең көлемли, көп ўақыт ҳәм үлкен қаржы талап ететуғын илаж болып, оны өткериў ушын
2-3 жыл даўамында таярлық жумысларын алып барыўды талап етеди.
Сондай-ақ, Бүгинги күнде дунья жүзинде гүзетилип атырған коронавирус пандемиясы себепли, бир неше мәмлекетлер халықты дизимге алыўды өткериў мүддетлерин кейинги жылларға көшириў илажларын көрмекте. Сондай-ақ,
2020-жылда Россия Федерациясы, Казақстан ҳәм Армения Республикаларында өткериў режелестирилген халықты дизимге алыў илажлери 2021-жылға көширилди.
Өзбекстан Республикасында ғәрессизлик жылларында халықты дизимге алыў илажи биринши мәрте өткерилип атырғанлығын инабатқа алып, илажға пухта таярлық көриў ҳәм оны сапалы өткериў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги “Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлери ҳаққында”ғы
710-санлы қарары менен Республикамызда халықты дизимге алыў илажи 2023-жыл 1-25-ноябрь күнлери өткерилиўи белгиленди.
Сондай-ақ Өзбекстан Республикасында халықты сынаў тәртибинде дизимге алыў илажи 2021-жыл 1-25 ноябрь күнлери Әндижан ўалаятының Хожаабат районы, Ташкент ўалаятының Жоқары Шыршық районы, Харезм ўалаятының Хива қаласында ҳәмде Ташкент қаласының Яшнаабат районында әмелге асырылады.
Ҳүкимет қарарына муўапық Республикамыздың ҳәмме аймақларында 2023-жылда халықты дизимге алыўды өткериўге көмеклесиў бойынша аймақлық комиссиялар шөлкемлестирилген ҳәм оның ўазыйпалары белгилеп берилген.
Аймақлық комиссиялардың тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында районларда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша жумысларды анық
ис-илажлар тийкарында шөлкемлестириў белгиленген.
Қарардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы бойынша бир қанша жумыслар атқарылмақта.
Атап айытқанда елатлы пунктлердиң шегараларының сызылғаны менен қайта үйрениў ўақтында коше атамаларының өзгериўи, жай номерлериниң қыстырылмағанлығы ямаса картадағы номер менен үй номерлери сайкес келмей қалыў жағдайлары ушыраспақта.
Усы жағдайларды жергиликли комиссия ағзалары менен үйренип сапластырыў жумыслары жүргизилип ҳәм карталарға тийисли тәртипте өзгерислер киргизилип ҳәм булл бойынша жумыслар даўам етип атыр.