Район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында “Темир дәптер”ге киритилген пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 13-октябрдеги «Халықты исбилерменликке қамтып алыў системасын жетилистириў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған қосымша ис-ила жлары ҳаққында»ғы қарарыда белгилеп берилген тапсырмаларының орынланыўы бойынша мәжлис өткерилди.
Илаж даўамында “Микрокредитбанк” Қарақалпақстан Республикасы филиалы басқарыўшысы Р.Утамбетов сөзге шығып, “Микрокредитбанк” тәрепинен район аймағында 18 жастан 30 жасқа шекемги жасларға қарар бойынша кредитлер ажратылатуғынлығы ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ жыйналыс даўамында пуқаралардың өзлери қызықтырған сораўлары ортаға тасланып тийисли қәнийгелер тәрепинен толық мағлыўматлар берилди.