«Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық» сүрени тийкарындағы илаж Шымбай районында

«Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық» сүрени тийкарындағы илаж Шымбай районында

05.02.2021 09:48:32 265 Баспаға шығарыў

Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бир қатар тийисли министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте  «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық» сүрени астындағы илажлар Шымбай  районында болды.

Илаж шеңберинде партияның «Жаслар қанаты» бөлими тәрепинен аймақтағы белсенди жаслар менен жақыннан танысыў, олардың лидерлик потенциалын арттырыў мақсетинде  жаслар менен  ушырасыў  болып  өтти.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар  мәмлекетимиз тәрепинен жасларға қаратылып атырған итибар, әсиресе олардың сиясий процеслердеги белсендилигин арттырыў,  ораторлық  қәбилетин  жүзеге шығарыў,  лидерлик сырлары, шахс имиджин жаратыў ҳәм менталитетимизге жат болған информациялық қәўиплерден сақланыў бойынша мәселелер сөз етилди.

Ушырасыў даўамында жаслардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Сондай-ақ ең белсенди  15 жас жаңадан партия қатарына ағзалыққа қабыл етилди.

Пайдалы ресурслар
Skip to content