Мәмлекетимизде жас аўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-куўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Буның айкын мысалы сыпатында бүгин Шымбай районында өзиниң билими ҳәм мийнети менен жәмийетимиз раўажына үлес қосып атырған жас шаңарақлар ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға жаңа турақ жай имараты пайданалыўға тапсырылды.
Илажда район ҳәкими А.Тажетдинов, Ҳаял-қызлар мәселеси бойынша ҳәким кеңесгөйи Г.Мәмбетниязова, Жаслар аўқамы жергиликли Кеңес баслығы С.Жолымбетова ҳәм район белсендилери тәрепинен жаңа имарат ийелерине қутлықлаў айтылды.
«Тағжап жаңа қурылыс» ЖШЖ тәрепинен «Жипек жолы» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында 4 қабатлы, 24 квартиралы, 2 ҳәм 3 ханадан ибарат болған турақ жайдың гилтлери үй ийелерине тапсырылды.
Реймова Жанар: Бүгин ол жаңа турақ жай ийесине айланды. Усы күнге шекем шаңарағының социаллық жағдайына байланыслы үй алыўда қыйыншылық пайда болғаны, қала берсе бир үйде сегиз хожалық болып жасаўына байланыслы район ҳәкимлигине қылған мүрәжаты унамлы шешилип, турақ жайдың басланғыш төлеми район ҳәкимлиги тәрепинен төлеп берилди. Әлбетте бундай ғамқорлықтан Жанардың қуўнышы шексиз.
Жаңа имаратқа ийе болған хожалықлар жаратылған шараятлардан кеўли толып, елимиз басшысына өзлериниң терең миннетдаршылығын билдирди.