Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке қызықтырыў, кәсип-өнерге оқытыў бойынша Шымбай районы академиялық лицейде “Ҳәр бир исбилермен–жасларға көмекши” ураны астында оқыў семинары шөлкемлестирилди.
Семинарға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан М.Камалов, районық Салық инспекциясы, Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы ҳәмде райондағы барлық коммерциялық банклерден тийисли канийгелер катнасты.
Семинарда қатнасқан 70 тен аслам жасларға тийисли тараў ўакиллери тәрепинен жасларға исбилерменликтиң ҳуқықый тийкарлары, мәмлекетлик дизимнен қалай өткериў, маркетинг қағыйдалары ҳәм жасларға ажратылатуғын субсидиялар ҳаққында пайдалы мәслахатлер берилди.