Шымбай районы мәмлекетлик хызметлери орайы тәрепинен 2020-жыл даўамында даўамында жәми 51 768 мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, соннан пуқараларға 49 922 ҳәм юридикалық шахсларға 1 065 мәмлекетлик хызметлер көрсетилди, 3 160 хызмет район орайынан алыс аймақларға шығып көшпели мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў арқалы әмелге асырылды. Мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша 244 юридикалық ҳәм 614 физикалық шаҳслар мәмлекетлик дизимнен өткерилип, 68 исбилерменлик субъектлери алыс орынларға шығыў арқалы көшпели тәртипте дизимнен өткерилди.
Орайда мәкемелерара бирге ислесиў системасы жолға қойылған ҳәм тийисли шөлкемлер менен толық интеграция қылынған, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын 156 арза тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен көрип шығыўдан бас тартылып ҳәмде ҳәкимшилик регламентлеринде белгиленген мүддетлериниң бузылғанлығы ушын Мәмлекетлик хызметлер Агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасына dxa.gov.uz системасы арқалы 102 арнаўлы хабарнама киритилди.
Тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен мүрәжатларды көрип шығыў мүддетлери ҳәмде ҳәкимшилик регламентлердиң талапларын бузғанлығы ушын
7-бирге ислейўши ўәкилликли уйым хызметкерлерине Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилиги ҳаққындағы Кодекси 2155-статьясы менен жуўапкершиликке тартылды, атап айтканда мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў тараўында Нызам ҳүжжетлерин бузыў, мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў барысында мүрәжатларды көрип шығыў тәртибин ҳәм мүддетлерин бузғанлықта, арза бериўшиден Нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылмаған ҳүжжетлерди талап еткенликте, мәмлекетлик хызмет көрсетиў тараўында ўәкилликли уйымның Нызамлы талабын орынламағынлығы ушын –оларға ең кем ис ҳақысының 3 есеси муғдарында жәрийма салынып Мәмлекетлик хызметлери Агентлигиниӊ Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы тәрепинен тәсир шаралар көрилди.
Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў барысында тийисли тараў ўәкиллерин қәте-кемшиликлерди болдырмаўға, тастыйықланған ҳәкимшилик регламентлерине ҳәм ҳәрекеттеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге қатан әмел етиўди шақырып қаламыз.
Р.Төрениязов,
Шымбай районы Мәмлекетлик
хызметлери орайы қәнийгеси.