Фермер хожалықларына жер ажыратыӯ ҳәмде жерлерди қайтарып алыӯға бағышланған семинар

Фермер хожалықларына жер ажыратыӯ ҳәмде жерлерди қайтарып алыӯға бағышланған семинар

02.02.2021 16:41:10 445 Баспаға шығарыў

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында фермер хожалықларына жер ажыратыӯ ҳәмде жерлерди мәмлекетлик резервке қайтарып алыӯда жүзеге келип атырған машқаларды сапластырыӯ бойынша нызам талапларын түсиндириӯ ҳәмде келешекте болдырмаӯ мақсетинде семинар болып өтти.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  баслығының Аӯыл ҳәм суӯ хожалығы мәселелери бойынша орынбасары С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбекадыров ҳәмде Тахтакөпир,  Қараөзек, Шымбай,  Кегейли ҳәм Бозатаӯ районларының ҳәкимлери қатнасты.

Семинарды  Шымбай район ҳәкими А.Тажетдинов ашты ҳәм басқарып барды. Семинарда күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбекадыров, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық суды судясы Г.Ешназарова, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы Аграр ҳәм азық-аӯқат тараӯларын раӯажландырыӯдың нызамлы орынланыӯын қадағалаӯ бөлими прокуроры  С.Раимовлар сөзге шығып семинар қатнасыӯшыларына жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыӯ бойынша нызам талаплары ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content