Шымбай районында жайласқан улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм кәсип-өнер мектебинде тәлим алып атырған оқыўшы жаслар арасында Жаслар шөлкеми ҳәм районлық Халық билимлендириў бөлими басламасы менен жасларды китапқумарлыққа бағдарлаў, олардың интеллектуаллық билимин раўажландырыў мақсетинде А.Кыркбаев тәрепинен «Интеллектуал жетик жаслар» турнири шөлкемлестирилип келинбекте. Турнирдиң нәўбеттеги басқышы 49-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилди. Үйге тапсырма сыпатында берилген «Адам болыў қыйын», «Кишкене шағзада», «Он негр баласы», «Дафтар ҳошиясидаги битиклар», «Өткен күнлер», «От кишнаган оқшом» сыяқлы әдебий китапларды оқып келген жаслардың билимлери сынақтан өткерилди.
Бүгинги ойында аймақлық басқыш кесиминде район орайындағы 15 мектеп қатнасып, олар арасынан 41-санлы мектеп 11 балл менен бүгинги тур жеңимпазына айланды, 2-орынды 32, 42-санлы мектеп, 3-орынды 37-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары ийеледи. Турнир еле даўамлы болып, апрель айына шекем өткерилип барылады.
Кейинги тур ушын ойналатуғын әдебий китаплар дизими менен таныстырамыз:
– М.Нызановтың «Қарақалпақлар» роман эссеси
– Л.Н.Толстой «Анна Каренина» романы
– Баҳаўатдин Алланиязовтың «Аллаяр Досназаров» китабы
– И.С.Тургеновтың «Аңшының еслеўлери» романы
– Ш.Айтматовтың «Дәслепки муғаллим» повести
– Стив Жобстың «Жетискенликтиң 12 қағыйдасы»
сыяқлы әдебий китапларды оқыў арқалы жаслардың санасында илимий көз қарасларының кеңейиўине себеп болыўына исенген ҳалда, кейинги тур қатнасыўшыларына табыслар тилеп қаламыз.