Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бийлигине муўапық, усы жылдың 14-15-март күнлери елимиз бойлап «Абат журт» улыўма халықлық абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў қайырқомлық шембилиги өткериледи.
Барлық ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимликлери улыўма халықлық шембилиги өткерилетуғын күнлери өз аймақларында терек ҳәм гүл нәллерин егип, бағ ҳәм гүлзарлар жаратыў, мәҳәллелер, билимлендириў мәкемелери, халық жасаў орынлары, көп этажлы имаратлар ҳәм қойымшылықларды және балалар майданшаларын тәртипке келтириў жумысларына басшылық етеди.
Шембилик күнлери социаллық жәрдемге мүтәж кекселер, пенсионерлер ҳәм майыплығы болған адамлар, жалғыз жасайтуғын қарыялар, кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған шаңарақлардың турақ жай шараятларын жақсылаўға көмеклесиледи.
Улыўма халықлық шембилик шеңберинде болмаған басқа түрдеги жәмийетлик жумыслар, атап айтқанда, қурылыс-оңлаў ҳәм аўыл хожалығы жумысларына мәжбүрий тартыўға қатаң түрде жол қойылмаўы да ҳүжжетте айрықша атап өтилген. Сондай-ақ, автомобильлер көп қатнайтуғын жоллар, суў объектлери, суў жағалары болған аймақлар ҳәм зоналар, қурылыс майданлары, имаратлар ҳәм объектлердиң төбеси, қәўипли өндирислик объектлер, сондай-ақ, адам өмири ҳәм денсаўлығына қәўип туўдырыўы мүмкин болған басқа орынларда ықтыярлы баслама менен шембилик өткериў қадаған етиледи.
Сондай-ақ, улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги шеңберинде 14-март күни республикалық көлемде жаслар катнасыўында экологиялық акциялар шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.