“Бүлбүл сести таңда оятар мени” атамасындағы әдебий кеше

“Бүлбүл сести таңда оятар мени” атамасындағы әдебий кеше

30.01.2021 18:40:56 304 Баспаға шығарыў

Бүгин  Таш МАУ Нөкис филиалы Шымбай академиялық лицейинде шайыр Узақбай Пиржановтың 84 жыллығы  ҳәм Ширин Халмуратованың 72 жыллығы мүнәсибети менен, дөретиўшилердиң жарқын естелигине байланыслы әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Әдебий кешеде район ҳәкими орынбасары У.Қалилаев, Ширин Халмуратованың қызы Л.Пиржанова,  “Ақ манғыт” газетасы редакторы А. Хожаназаровлар, сондай-ақ  нураныйлар, дөретиўши жаслар қатнасты.

Ширин Халмуратованың қәлемине тийисли қосық дөретпелери, Узақпай Пиржанов дөретиўшилиги ҳаққында қызы Лира көплеген мағлыўматларды келтирип өтти ҳәм кеше қатнасыўшыларына оқып еситтирди. Сондай-ақ ҳәр еки дөретиўшиниң әдебий китаплары Шымбайлы ықласбентлерге оқып еситтирилди.

Жәнеде районлық Мәденият бөлими тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content