Жаслар мәселеси итибарда

Жаслар мәселеси итибарда

30.01.2021 16:49:48 306 Баспаға шығарыў

Мәмлекетимизде “Жаңа Өзбекстан-мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады”  деген идея тийкарында бүгинги күнде кең көлемли реформалар  әмелге асырылмақта.

Ҳәзирде Шымбай районында 48 улыўма орта билим бериў мектеплери болып,  оларда 20 мыңға шамалас жаслар тәлим алмақта.

Бүгин районлық Халық билимлендириў бөлиминде мектеплерде тәлим алып атырған белсенди жаслар, сәрдарлар қатнасында ашық сәўбет шөлкемлестирилди.

Бунда ХББ баслығы Э.Мәмбеткаримова ҳәм Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Жолымбетова оқыўшы жаслар тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм пикирлер тыңланды.

Тийкарынан:

37-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы,  “Аўқам” сәрдары Г.Хожабаева келешекте юрист болыў мақсетинде пәнлерден жақсы өзлестирип атырғанлығы, жәнеде өз теңлеслерине ҳәўес етип шет елге тийисли жоқары  оқыў орынлары яки солардың Өзбекстандағы филиалларына тапсырыў ушын толық түсиник бериўши “Мәслаҳат орайы” н шөлкемлестириўди усынсы еткен болса;

15-санлы мектептиң 9-класс оқыўшысы, районлық  “Тәлим” бағдары сәрдары  Д.Салиева тәрепинен мектептиң “Аўқам” ҳәм “Камалак” сәрдары мектеп директорының оқыўшы жаслар мәселеси бойынша бас кеңесгөйи болыўы кереклиги ҳәм буны барлық мектеплерде енгизиў арқалы, өз теңлеслериниң усыныс ҳәм машқалаларын көтерип шығып,  бунда тәлим системасын жәнеде раўажландырыўға үлес қосатуғынлығын билдирип өтти.

Э.Мәмбеткаримова тәрепинен 48, 37, 4, 32-санлы мектеплерде көшпели асхана шөлкемлестириў, ҳәмде Сәрдарлар Кеңеси ханасын толық шараятлар менен ажыратып берилиўи ҳәм бул мәселелер 2 күн мүддет ишинде өз шешимин табатуғынлығын билдирди.

Жасларды китап оқыўға кеңирек қамтыў, оларда пикирлеў қәбилетин раўажландырыў мақсетинде белгили жазыўшы ҳәм журналистлер қатнасында турақлы түрде семинар тренингдер шөлкемлестириў бойынша келисим дүзилди.

Ушырасыў соңында келешекте тәлим системасында директор болыўды арзыў қылған жасларға Халық билимлендириў бөлими баслығы өзиниң жумыс столында  отырығызды ҳәм жасларға жақсы тилеклерин билдирип, оларға естелик саўғаларын усынды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content