Алып барылып атырған жумыслар ҳәм қәте -кемшиликлер додаланды

Алып барылып атырған жумыслар ҳәм қәте -кемшиликлер додаланды

30.01.2021 16:10:45 270 Баспаға шығарыў

Шымбай районы аймағындағы ўәкилликли уйымлар тәрепинен 2020-жыл даўамында мәмлекетлик хызметлер көрсетиў барысында жол койылған кәте-кемшиликлер, аныкланған нызамбузыўшылық жағдайлары  үйренип шығыў ҳәмде бул бойынша ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған жуўаплы хызметкерлер, тийисли тараў ҳәм ғалаба-хабар қураллары ўәкиллери қатнасында районлык Мәмлекетлик хызметлер орайында  илаж өткерилди. Өткерилген илаж барысында ҳуқықый шаралар қолланылған шахсларға алдағы ўакытлары орын алған қәте-кемшиликлерди болдырмаў, тастыйықланған ҳәкимшлик регламентлерине, әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерине қатан әмел етиўи бойынша түсиниклер берилди. Илажға район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Молдахметов қатнасты.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content