Бес бармак тең емес , ойлап билгенге,
Дос дегениң нықап кийип жүргенде,
Адам аласы иште болар дегенде,
Ақ-қараны айырып бил заманлас.
Ата-ана болар сизге таяныш ,
Туӯысқанлар болар сизге жубаныш,
Перзентлерин болар сизге куӯаныш,
Бул дүньяда қәдирин бил заманлас.
Балалықтың алтын дәӯири өтеди,
Ержеткенлик нәӯпир шағын жетеди ,
Не бир сынау , мәнзиллерин күтеди,
Ҳәр жағдайда , сабырлы бол заманлас .
Ден- саӯлык ағладур , ҳәр бир байлыктан,
Тен келмес хеш уакытта , хеш нарсе оған ,
Алданып қалма , еси жалатайлықтан ,
Бийпарӯа болма, сен оған заманлас.
Туӯылған жер сениң ата маканың ,
Қәдирлеп- қәстерле , абайла оны,
Еркинлик заманда даӯран сүргениң,
Тынышлықтың қәдирин бил заманлас.
Хадал мийнет жеткереди муратқа,
Жеңил- желпи баслар сени жыраққа,
Көпшиликтен қалып жур әӯладқа,
Жол басшының қәдирин бил заманлас.
Бийик әрман мақсети бар алдында,
Жақсы нийет жолдасың бар жаныңда,
Мың сан түрли ой болса да басыңда,
Умит узип тәслим болма заманлас.
Бес кунлик бул дүнья өтер билинбей ,
Өтип кетер , мысалы туйе көргендей ,
Келешек аӯладлар, айта жургендей ,
Ҳәр бир күнниң қәдирин бил заманлас.
Гәнийметдур , алған сениң ҳәр демиң,
Га мунайып , га шадланып кулгениң ,
Қара жерди қайра басып жургениң,
Аллаға мың шукир еткил заманлас .
Сағынбай Уразымбетов , райондағы 8- санлы Балалар музыка ҳәм көркем- онер мектеби оқытыӯшысы.