“БИР СУД – БИР ИНСТАНЦИЯ” ЖАӉА ПРИНЦИП ТИЙКАРЫНДА ЖУМЫС БАСЛАНДЫ

“БИР СУД – БИР ИНСТАНЦИЯ” ЖАӉА ПРИНЦИП ТИЙКАРЫНДА ЖУМЫС БАСЛАНДЫ

27.01.2021 15:41:37 298 Баспаға шығарыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2020-жылдың 30-июнь күни әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Видеоселекторда ўәкилликли уйым басшыларына алдынғы тәжирийбе ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында суд системасын «бир суд – бир инстанция» принципи тийкарында қайта көрип шығыў, буннан тысқары, өз аты менен ҳәм судтың мазмун-мәнисине дурыс келмейтуғын «бақлаў тәртибинде ислерди көриў» әмелиятынан толық ўаз кешиў лазымлығы атап өтилди.

Усы ўазыйпаларды орынлаў ҳǝм суд-ҳуқық тараўында белгиленген ўазыйпаларды изшил ǝмелге асырыў, пуқаралардыӊ ǝдил судлаўға ерисиў дǝрежесин жақсылаў, ислерди судда көриў сыпатын асырыў ҳǝмде қалыс, ǝдил ҳǝм нызамлы суд қарарларын қабыл етиў ушын тǝреплердиӊ теӊлиги ҳǝм тартысыўшеӊлигин ǝмелде тǝмийинлеў механизмлерин кеӊейтириў мақсетинде 2020-жыл 24-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Судлар искерлигин жǝнеде жетилистириў ҳǝм ǝдил судлаў нǝтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илǝжлар ҳаққында”ғы  Пǝрманы қабыл етилди.

Пǝрманға тийкар Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Судьялар жоқарғы кеӊеси, Бас прокуратура ҳǝм Адвокатлар палатасыныӊ 2021-жыл 01-январдан баслап:

– суд ислерин баклаў тǝртибинде көриў институтын қысқартыў, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы, Бас прокурор ҳǝм олардыӊ орынбасарларыныӊ судтыӊ ҳал қылыў қарарлары, ҳүкмлери, уйғарыўлары ҳǝмде қарарлары үстинен бақлаў тǝртибинде протест келтириў ҳуқықын бийкар етиў;

-районлар аралық, район (қала) судларыныӊ қарарларын ўǝлаят ҳǝм оған теӊлестирилген судлар тǝрепинен, ўǝлаят ҳǝм оған теӊлестирилген судларыныӊ биринши инстанция суды сыпатында шығарған карарларын болса Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судыныӊ судлаў коллегиялары тǝрепинен апелляция тǝртибинде қайта көрип шығыў;

– апелляция тǝртибинде көрип шығылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судыныӊ судлаў коллегиялары тǝрепинен кассация тǝртибинде қайта көрип шығыў;

– Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судыныӊ судлаў коллегиялары тǝрепинен кассация тǝртибинде көрип шығылған ислер бойынша шығарылған суд қарарларын Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы, Бас прокурор ҳǝм олардыӊ орынбасарларыныӊ протестине тийкар кассация тǝртибинде қайта көрип шығыў тǝртиплерин енгизиўди нǝзерде тутыўшы усыныслары мақулланды.

Пǝрманда белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси, Пуқаралық процессуал кодекси, Жынаят процессуал кодекси, Ҳǝкимшилик суд исин жүритиў ҳақкындағы ҳǝм Ҳǝкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодекслерге тийисли өзгерислер киритилип, 2021-жылдан баслап барлық судларда “бир суд – бир инстанция” принципинде жумыс алып барылмақта.

Суд системасыныӊ “бир суд – бир инстанция” принципинде жумыс алып барыўы бул ǝлбетте ǝдил судлаўды тǝмийинлеў, пуқаралардыӊ ǝўерегершилигиниӊ алдын алыў ҳǝм суд системасына болған исенимды арттырыўға хызмет етеди.

 

С.Ниязов,

Қарақалпақстан Республикасы

судыныӊ экономикалық ислери бойынша судьясы                                                                           

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content