“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” мәмлекетлик дәстүри додаданды

“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” мәмлекетлик дәстүри додаданды

26.01.2021 18:51:44 460 Баспаға шығарыў

Бүгин Шымбай районы ҳәкимлигиниң  мәжлислер залында

2021-жылы   “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы”нда әмелге асырылыўға тийисли мәмлекетлик дәстүр жойбары додаланды.

Мәжлисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А. Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары М. Рахматуллаев, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары,  район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық сектор басшылары, мәкеме ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары, белсенди жаслар менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибинде  Өзбекстан Республикасы Ш.Мирзиёевтың 2020-жыл 29-декабрь күни Олий Мажлиске ҳәм халыққа жоллаған Мүрәжаатнамасынан келип шығып, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясының 2021-жылғы дәстүри  бойынша  райондағы бир қатар тараўдың басшылары сөзге шығып, өзлериниң усыныс ҳәм пикирлерин билдирип өтти.

 

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content