Өнерли инсан жәмийетте өз орнына ийе болады, өнерсиз инсан болса мийўесиз терекке уқсайды-әлбетте бул ҳикметлер неше әсирлер алдын айтлыған болсада, бүгинги күнимиздиңде, ертеңги келешегимиз ушында баҳасы жойтылмайтуғын ҳикмет есапланады.
Жаслардға өнер үйретиў, илимге қызықтырыў ҳәм усы арқалы елимиз раўажы ушын хызмет қыла алатуғын кадрларды жетилистириўге бүгин ҳәр қашанғыданда итибар күшли.
2021-жыл даўамында жаслар менен ислесиўдиң жаңа системасын енгизиў мақсетинде, белгиленген ўазыйпаларға тийкар бүгин Шымбай районында жайласқан 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде район ҳәкимлиги ҳәм Жаслар шөлкеми басламасы менен “Жетискенликке ерисиў сырлары” атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыў мийманы сыпатында Қарақалпақстан дийханшылық илим-изертлеў институтының селекция бойынша жойбар баслығы Узақбай Айтжанов, қара үй соғыў бойынша үшинши аўлад ўәкили Азамат Турекеев ҳәмде өнермент Қундыз Қурбановалар өзлериниң ерискен жетискенлиги, бул бойынша ислеген мийнетлери ҳаққында айтып өтти.
Атап айтқанда селекционер алым У.Айтжанов усы күнге шекем 6 илимий китап ҳам 100 лен аслам илимий мақалалар дөреткенлигин, жәнеде 4 илим кондидаты шәкиртин таярлағанын, жасларға илим жолында әмелге асырылатуғын машақатлы қыйыншылық ҳәм оннан соңғы жемис ҳаққында заўықланып баҳалы пикирлерин билдирди. Жасы 70 тен асқанына қарамастан илим изертлеўден жалықпайтуғын алымға жаслар көплеген сораўлар берди.
Жақында ғана Бирлескен араб әмирлигинде Шымбай қара үйин жәҳән мәмлекетлерине танытқан ҳәм өнерментлердиң үшинши әўлады А.Турекеев жасларға Дубай қаласында алған тәсирлери, өнерментшилик өнимлери менен қатнасқан фестивал ҳаққында мақтаныш пенен тилге алды ҳәм естелик сыпатында таярланған фото альбомды жасларға усынды.
А.Турекеев ҳәм Қ.Қурбанова өнермент сыпатында көплеген шәкиртлерге де устазлық қылмақта.
Усы ушырасыўдан соң 40-санлы мектеп оқыўшысының өнермент А.Турекеевке “Мени шәкиртилкке аласызба?” сораўы менен еткен мүрәжаты әмелге асырылды.
Ушырасыўда қатнасқан 40 тан аслам жасларда илим ҳәм өнерге деген қызығыўшылыққа, сондай-ақ тек Өзбекстан Республикасында емес, шет ел мәмлекетлеринеде танымалы болған инсанларға ҳәўес нәзери менен қараўы олардың келешекке деген интилиўлерине үлкен тийкар болды.