Президентимиздиң 29-декабрь 2020 -жылғы Олий Мәжлиске ҳәм халқымызға мүрәжатнамасы халқымыздың абат ҳәм пәраӯан турмысы жолындағы қәдем,-деп билемен.
2021 -жылды жылды «Жасларды қоллап-қуӯатлаӯ ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеӯ жылы» деп белгилениӯи де жасларымызға, қала берди коранавирус пандемиясынан кыйналған елимиз ушын, халкымыз саламатлығы ушын айрықша итибардың көриниси.
Мектепке шекемги тәлим, мектеп тәлимин раӯажландырыӯ, түптен жақсылаӯ, оқыӯ дәстүрлери, муғаллимлер ушын қолланбалардың барлығы халық аралық талапларға сәйкес болыӯы ҳаққында,
«Миллий оқыӯ дәстүри»ниң енгизилиӯи, ең шетки алыс аймақларға барып билим бериӯши устазлар ушын үстеме ҳақылар төлениӯи, алыс аӯыллардағы тәлим алып атырған ертеңги күнги келешегимиз болған жасларымыздың тәлим-тәрбиясына деген итибардың көринисинен дерек береди.
Жаслардың бәнтлигин тәмийнлеӯ ҳәм исбилерменликти қоллап-қуӯатлаӯға, кәсип-өнерге оқытыӯға имканиятлар жаратып, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақтың балаларына, шын жетим ҳәм нагиранлығы болған, емлениӯге мүтәж шаңарақлардың балаларына айрықша итибар көрсетиледи.
Балалар Омбудсманы ҳақында қарар қабыл етиӯ- бул бала ҳуқықларының ҳәм еркинлериниң ҳақыйқый кепиллиги демекдур.
Кәмбағалшылықты сапластырыӯ мақсетинде кәсип-өнер курсын тамамлағаннан соң, өз бизнеси ушын әсбап-үскенелер ушын субсидиялар ажыратыӯ, кәмбағалшылықты сапластырыӯ бойынша дәстүрлер исленип шығылып, ҳәр бир басшының тийкарғы ӯазыйпасына айланады.
Бүгинги күнде алып барылып атырған ҳәр қандай раӯажландырыӯ дереги мәҳәлледе көринеди.
«Мәҳәлле-жәмийетимиздиң жарық жүзи ҳәм айнасы»,-деп атап өтилип, барлық басшылар мәҳәлледеги машқалаларды үйренип, олардың шешимин табыӯы бойынша шаралар атап өтилди.
Бул мәҳәлле пуқаралар жыйынының абырайының артыӯына жәнеде тийкарғы дереги.
Ҳаял-қызлар мәселелерине айрықша итибар қаратылып, олардың жәмийеттеги орнын арттырыӯ мақсетинде республикалық ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңесин дүзиӯ усынысы мақулланды.
Инсан ҳуқықларын тәмийинлеӯ жәмийетте миллетлер аралық татыӯлықты беккемлеӯ- ҳәр биримиздиң ӯазыйпамыз.Бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған барлық ийгиликли ислердиң барлығы елимиз абаданлығы, халқымыз разылығы ушын хызмет етери анық.
Ф.Палӯанова
«Бердақ» макан пуқаралар жыйыны баслығы.