Райондағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының көшпели қабыллаўы болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судьясы А.Адилов, районлық пуқаралық ,экономикалық ислери бойынша судьялар , районның 4 секторының басшылары, сондай-ақ, райондағы барлық мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң баслықлары қатнасты. Кабыллаӯға район ҳәкиминиң орынбасарлары У.Қалилаев ҳәм З.Ержановалар қатнасты.
Ушырасыўда тийкарынан райондағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралары жыйынлары аймақларында «Ҳаяллар дәптери»ниң жүргизилиўи ҳәм басқа да ҳаял-қызлар арасында ушырасып атырған машқалалар тыңланды. Көпшилик машқалалар усы орынның өзинде шешилиўге ерисилди.