Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық Палатасы депутатлары райондағы социаллық тараӯдағы жумыслар менен танысты.Атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық Палатасы депутатлары Э.Аслонова,М.Валиев Шымбай районлық 5- санлы мектепте болып, мектеп турмысы менен танысып, оқыӯшылар ҳәм оқытыӯшылар менен сәӯбетлести.Сондай-ақ бир қатар райондағы мектеп, балалар бақшасына барып ол жердеги жағдайларды бир қатар көзден өткерди.