Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасында әмелге асырылған жумыслар

Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасында әмелге асырылған жумыслар

15.01.2021 16:33:11 428 Баспаға шығарыў

Шымбай районындағы ϴзбекстан Республикасы Бас министириниң Исбилерменлер мүрәжатларын кɵрип шығыў қабыллаўханасы тәрепинен 2020-жыл даўамында ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Исбилерменлик ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы  Пәрманы орынланыўы бойынша  тɵмендеги жумыслар әмелге асырылды.

Биринши, Исбилерменлерди исши топар (ҳәкимлик, Саўда-санаат палатасының исбилерменликке көмеклесиў орайы, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда, адлия, салық инспекциясы, қурылыс, мәмлекетлик кадастры органлары, банк ҳәм басқа шөлкемлердиң ўәкиллери) менен бирге тасыйқланған графиккетийкар ҳәр-күни исбилерменлердиң мүрәжатлары қабыл қылынып көрипшығыў ушын орынлаўға алынады.

Екинши, исбилерменлердиң машқалаларын шешиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған шара-тәдбирлер нәтийжесинде жыл даўамында исбилерменлердиң жәми 160 мүрәжаты соннан, қабыллыўханаға туўрыдан-туўры мүрәжат қылыў арқалы 73, Call- center(исеним телефоны арқалы) 24, өткерилген көшпели қабыллаўлар арқалы 59 ҳәм «business.gov.uz» порталы арқалы 4 мүрәжатлар қабыл қылынып, орынлаўға алынды.

Үшинши, 2020 жыл даўамында келип түскен 160 мүрәжатлардан 171 мәселениң 120 сы, яғный 70,2 пайызы толық қанаатландырыўға ерисилди. Сондай-ақ 51 мәселеге (29,8 пайызына) түсиниклер берилди.

Келип түскен 38 мәсле Қарақалпастан Республикасы дәрежесинде, 133 мәсле район дәрежесинде кɵрип шығылды.

Исбилерменлердиң мүрәжатлары менен ислеўде ҳаяллар ҳәмде жаслардың мүрәжатларына айрықша итибар қаратылды. Нәтийжеде ҳаяллардан келип түскен 60 мәселениң 41 мәселеси, яғный 68,3 пайызы, жаслардан келип түскен 56 мәселениң 35 мәселеси , яғный 62,5 пайызын қанаатландырыўға ерисилди.

Төртинши, Бас министр қабыллаўханасы арқалы орынлаў ушын жиберилген исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыўда кемшиликлерге жол қойған жуўапкер басшы ҳәм қәнийгелерге қарата шара көриў бойынша қабыллаўханамыз тәрепинен 3 тийкарландқрқлған усыныслар менен мәкеме ҳәмде шөлкемлердиң 1 қәнийгесине тийисли тәртипте шаралар көрилди.

 

Бесинши, 2020 жыл даўамында АПЖ, МПЖларда 15 көшпели ушырасыўлар өткерилди. Өткерилген көшпели ушырасыўлардан келип түскен 59 мүрәжаттың 51 мүрәжатты, яғный 86,4 пайызы қанаатландырылыўына ерисилди.

Алтыншы, Бас министр қабыллаўханасы жанындағы Исбилерменлердиң жәмийетшилик кеңеси менен биргеликте қабыллаўханаға келип түскен исбилерменлердиң мүрәжатларында көтерилген мәселелер ҳәмде системалы машқалалар анализ қылынып, машқалалардың шешими бойынша 15 усыныслар ислеп шығылды ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы Бас министр қабыллаўханасы жанындағы Исбилерменлердиң жәмийетшилик кеңесине киритилди.

 

 

М.Сейтов,

Шымбай районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы.

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content