Бүгин Шымбай районында “Жаңа Өзбекстан ҳәм миллий кинематография” айлығы даӯамында халықтың рууҳый дем алыӯлары, миллий фильмлеримиз арқалы журтымыз тарийхы, бабаларымыз қаҳарманлықлары, миллий дастүрлеримиз ҳәм үрп-әдетлеримиздиң гөззаллығын көрсетиӯи мақсетинде кино дөретиӯшилер менен ушырасыӯ өткерилди. Ушырасыӯға Өзбекстан хызмет көрсеткен артист Рисхибой Алиев ҳәм Барно Қадировалар, Қарақалпақ кино дөретиӯшилери Бектилеу Низаматдинов ҳәмде Бахтияр Мадияровлар қатнасты. Ушырасыӯ қатнасыӯшылары кино дөретиӯшилерге өзлерин қызықтырған сораӯларына берди. Мийманлар усы күни районымыздағы уста-өнермент Азамат Турекеевтиң “Мийман үйи”, “Қара үй устаханасы” менен ҳәмде белгили художник-мусинши Дарибай Тажимуратовтың үй музейи менен танысты.