Өткен әсирдиң 50-60-жыллары республикамызда илимий атаққа ийе, хәтте жоқары мағлыўматлы жетик маман кадрлардың өзи санаўлы ғана болғанлығын тарийхтан жүдә жақсы билемиз. Лекин ўақыт өтип Республикамызда жоқары оқыў орынлары санының көбейиўи менен түрли тараўларда бир қатар илим кандидатлары, докторлары санының бираз артқанын, олар таярлаған шәкиртлери, оқытқан оқыўшылары болса бүгин елимизге белгили инсанлар болып жетискенлигин көремиз. Әсиресе соңғы ғәрезсизлик дәўиринде республикамызда экономика, медицина, филология, тарийхтан баслап санай берсең хәр бир қурамалы тараўларында бир қанша илим кандидатлары, докторлары жетилисип шығыўы көзди қуўандырады, әлбетте. Усындай өз өмирин илимге бағышлаған илим ғайраткерлериниң илимий мийнетлери республикамыздың хәр тәреплеме алға илгерилеўине жумсалмақта. Өткен еки үш жылдың өзинде республикамыздың бир қатар жас илимпазлары өзлериниң илимий жумыслары нәтийжесинде илим докторлары дәрежесине ерискенлигиниң талай гүўасы болдық. Олар арасында ӨзР ИИМ Қарақалпақ академиялық лицейи директорының орынбасары, подполковник Сапарбай Алламбергенов Қарақалпақстан ишки ислер органлары хызметкерлери арасында бириншилерден болып юридика пәнлери бойынша философия докторы дәрежесине жетискенлигин атап өтсек болады.
Мине бүгин биз және бир хош хабарды еситип, қуўанышқа бөлендик. Себеби, шымбайлы қарақалпақ жигити әскерий хызметкер, подполковник Дәўлетмурат Жақсымов әскерий пәнлер бойынша Қарақалпақстанда бириншилерден болып “Әскерий байланыс системасы хәм оның қурамлық компонетлерин жетилистириў” темасында әскерий пәнлер философия докторы диссертациясын табыслы жақлап шықты. Әскерий пәнлер бойынша Қарақалпақстанда бириншилерден болып бундай илимий атаққа ийе болыў өзлигинен болмаса керек, әлбетте. Оның артында қанша мийнет, изленислер бар дейсең.
1978-жылы Шымбай районының бүгинги «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйынында туўылған Дәўлетмурат 1996-жылы Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигине қараслы Ташкент электро техника байланыс институтына оқыўға кирген ол бул оқыу дәргайын 2001-жылы тамамлап, Қорғаныў министрлиги әскерий бөлимлеринде топар командири лаўазымынан штаб баслығына шекемги ҳәр қыйлы лаўазымларында нәтийжели хызмет етти. Арадан он жыл өтип Дәўлетмурат өз билимин еле де кеңейттириў мақсетинде он жыл ишинде топланған тәжирийбе, билими арқасында 2011-жылы ӨзР Қураллы күшлер академиясына оқыўға түсип, бул дәргайды да 2013-жылы табыслы питкерип шықты. Тәжирийбели талапшаң кадр қорғаныў министрлиги басшылығының нәзерине түсип, ол кейинги хызмет жолын усы министрликтиң әскерий бөлимлеринде хәр қыйлы жуўапкершиликли уазыйпаларды минсиз атқарып келди. Илимге болған хуштарлықы оны және де алға талпындырып, өзи хызмет етип атырған әскерий тараўы бойынша илимге жаңалық киритиўди алдына мақсет етти. Ҳақыйқатында да бүгинги күннен күнге раўажланып атырған технологиялар әсиринде байланыслы қураллары, компьютер технологиялары, әсиресе азғана ўақыт аралығында күнделикли өмирге жүдә сиңисип кеткен санлы техникаларсыз өмиримизди еристи.
Бүгинги күнде ӨзР Қорғаныў министрлиги мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий кафедралардыӊ бирине басшылық етип киятырған Дәўлетмурат Жақсымов өзиде устаз атанып, елмиз Қураллы Күшлерине ҳәр тәреплеме билимге ийе маман жетик кадрларды таярлаўға салмақлы үлесин қосып келмекте. Оныӊ Қураллы Күшлердеги көп жыллық мийнетлери елимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, бир неше мәрте ӨзР Қураллы күшлериниӊ «Ҳүрмет жарлық»лары, «Алғыснама»лар, соныӊ менен 3 мәрте Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ қабыл етилген күнине, сондай-ақ, ӨзР Қураллы Күшлери дүзилгенине 20 жыл толыўы мүнәсибети көкирек нышанлары менен сыйлықланды. Биз өз гезегинде подполковник Дәўлетмурат Жақсымовтыӊ алдағы хызметлерине, илимий жумысларына табыслар тилей отырып 14-январь Өзбекстан Республикасы Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлаймыз.