Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Электр энергетикасы тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм қаржыландырыў турақлылығын тәмийинлеў ис-илажлары хаққындағы» қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Шымбай районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы тәрепинен бир қанша илажлар амелге асырылмақта.Атап айтканда, район аймағында электр есаплағышлар алмастырыў жумыслары алып барылып, ҳәзирги ўакытта электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасына жалғанатуғын заманагөй электрон электр есаплағышларға алмастырыў жумыслары басланды. Сондай-ақ, Шымбай районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы жанынан электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған системасының орайы өз жумысын баслады.