Елимиз тынышлығын сақлаўда, Ўатан қорғаныўына қол қанат болған мәрт азаматлардың пидайы хызметлери себепли бүгин мәмлекетимизде раўажланлыўлар жүз бермекте.
Ўатанамыз тынышлығы жолында өзиниң муқаддес миннетин терең аңлап, хызмет ўазыйпасын жоқары дәрежеде орынлап атырған инсанлар ҳәмийше халық ардақлаўында.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенлигиниң 29 жыллығы ҳәм 14-январь Ўатан қорғаўшылар күни мүнәсибети менен Шымбай районы Мәденият бөлиминде “Мәртлер мәнги жасайды” ураны астында байрам илажы өткерилди.
Байрамның дәслеп шөлкемлестирилиўи район орайындағы “Ҳәсирети ана” естелигине тараў ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасыўында гүл қойыў мәресиминен басланды.
Ана Ўатан қорғаўына бағышланған байрам илажын район ҳәкими орынбасары У.Қалилаев ашып берди ҳәм гүллан Ўатан қорғаўшыларын байрам менен қутлықлады.
Сондай-ақ район ҳәкимлиги тәрепинен өзлериниң хызмет ўазыйпаларын жоқары дәрежеде орынлап атырған тараў ўәкиллерине ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саӯғалары тапсырылды.Байрам илажы көтеринкы руўхта өтти.
Ана Ўатан қорғаўышларына байрам мүбәрек болсын!