Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң ХХ сессиясы

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң ХХ сессиясы

12.01.2021 19:11:18 497 Баспаға шығарыў

Халық депутатлары  Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги   ХХ   сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеңес депутатлары,  сектор басшылары, кәрхана мәкеме шөлкем  басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сондай-ақ сессияға  Олий Мажлис Сенати  ағзасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты О.Атаниязова , Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Р.Маткурбанов  қатнасты.Сессияны район ҳәкими, халық депутатлары  районлық кеңеси баслығы А.Тажетдинов ашты ҳәм басқарып барды.

Сессия күн тәртибинде: Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл

29-декабрь күни Олий Мәжлиске жоллаған Мүрәжатнамасының мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў ҳәмде белгилеп берилген баслы ўазыйпалардан келип шығып районлық дәстүрди таярлаў мәселеси ҳаққында.

  1. Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариаты баслығын тайынлаў ҳаққында.Сессияда Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Ѳзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты ағзасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты  О.Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Р.Маткурбанов ҳәм районлық кеңес депутатлары     шығып сөйледи. Сондай-ақ сессияда  Ѳзбекстан Республикасы Олий Мәжлис Сенаты Кеңесиниң 2020-жыл 11-декабрдеги қабыл етилген қарарына муўапық Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары арасынан районлық Кеңес секретариаты баслығы етип 7-санлы “Қостерек” сайлаў округинен депутат Р. Жумамуратов

сайланды.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content