Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-декабрь күнги “Өзбекстан жаслары форумы-2020” шеңберинде болып өткен жаслар менен ушырасыўы ҳәмде 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий Мәжилиске жоллаған мүрәжатында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардың мазмун-мәнисин жасларға кеңнен түсиндириў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги Шымбай районлық бөлими, Шымбай районы Мәмлекетлик хызметлер орайы, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳәмде районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими тәрепинен райондағы Мәмлекетлик хызметлер орайының мәжилислер залы ҳәмде 15, 16, 43, 45-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде “Ҳәр бир исбилермен – жасларға көмекши” принципи тийкарында үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди.
Илажлар даўамында Президентимиз тәрпинен 2021-жылда кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқып, сертификат алған жасларға жеңиллетилген файызларда микрокредитлер ажратылыўы ҳәмде бундай кредитлерди 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке бериў, банк тәрепинен усы мақсетлер ушын 45 миллион долларлық микрокредлер ажратыў көзде тутылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында айтып өтилди.
Сондай-ақ, өнерменшилик пенен қызығыўшы жасларға өнер үйрениўлери ушын “Өнерли инсан қор болмас” идеясы тийкарында уста өнерментлер қолында жумыссыз жасларға кәсп-өнер үйретиў мақсетинде аймақларда “Устаз-шәгирт” үрп-әдетлери жаңа көринисте шөлкемлестирилиўи ҳаққында бойынша кең түрде түсиниклер берилди.
Өз нәўбетинде, илажда қатнасып атырған жаслар Жаңа Өзбекстанды қурыўда Президентимизге қол-қанат болып Ўатанымыздың раўажланыўына өз үлеслерин жолында бар билим ҳәм күш-ғайратын иске салыўға таяр екенлигин айтып өтти.
Өткерилген илажларға жами 300 жастан аслам жаслар қатнасты.