Ҳожели районы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары Шымбай районында мийманда болды

Ҳожели районы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары Шымбай районында мийманда болды

09.01.2021 18:01:43 478 Баспаға шығарыў

Балалар өмиримиз даўамшылары, олардың көзлериндеги қуўаныш әтираптағы инсанлар кеўлине жыллылық бағышлайды.
Ана меҳирин берип, өз перзентлериндей тәрбиялап атырған Хожели районындағы «Меҳрибанлық үйи» директоры Светлана Михайловна Сон басшылығындағы бир топар балалар Шымбай районында саяҳатта болды.
Саяҳаттың дәслепки адымы Шымбай районындағы Манаўият орайынан басланды.
Қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллери есапланған шайыр Күнхожа, Бердақ сондай-ақ бақсылар мектебиниң тийкарын салыўшы Ахымбет бақсы естелигине бағышланған махбара ҳәм қарақалпақ халқының тарыйхын сәўлелендириўши музей экспонатлары кишкене балаларға, қалаберсе устазларына кең түрде түсиндирилди.
Саяхатта район ҳәкими орынбасары У.Қәлилаев, ҳәким кеңесгөйи А.Сулайманов, Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Жолымбетова, сондай-ақ өнермент Қ.Қурбанова тәрепинен, келген мийманларға жергиликли аймақтың мақтанышы есапланған «Қара үй устаханасы» на саяхаты шөлкемлестирилди. Бул орында қара үй соғыў басқышлары избе-изликте әмелий көрсетип берилди.
Саяхат даўмында Шымбай академиялық лицейинде жайласқан, шайыр Ибрайым Юсуповқа бағышланған музей экспонатлары менен жақыннан танысқан жаслар, шайыр бабамыздың қәлемине тийисли дөретпелерин шеберлик пенен атқарды.
Район ҳәкимлиги тәрепинен саяхат соңында келген мийманлар ушын «Әзиза» ресторанында дәстүрхан жайылды ҳәмде естелик саўғалары тапсырылды, сондай-ақ районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасында қарақалпақ эстрада қосықшысы Мақсет Полатовтың атқарыўындағы кеўилге қонымлы қосықлар балалардың үлкен куўанышына себеп болды.
Жаслар аўқамы жергиликли Кеңеси тәрепинен Хожели районы мийманларына саяхат даўамында түсирилген фотолар негизинде естелик альбомы таярланды ҳәм бул альбом директор Светлана Михайловнаға тапсырылды.
Сондай-ак мехрибанлык уйи тарбияланыушыларына кауендерлик корсеткен “Азиза” рестораны (Калилаев Бахтияр) “Музаффар” рестораны, (Садыков Утепберген) “Албина-Айсанем” жеке карханасы (Мамбеталиев Бердак) хамде исбилермен Жаксымбай Наурызбаев,Онермент-исбилермен Азамат Турекеевларга район халкы атынан миннетдаршылык билдиремиз.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content