Муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти

Муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти

09.01.2021 17:10:31 441 Баспаға шығарыў

Бүгин Шымбай  районы ҳәкимлигиниң үлкен мәжилислер залында районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти. Онда Каракалпакстан Республикасы прокурорынын аға жәрдемшиси А.Кыпшакбаев, районның сектор баслықлары  кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты. Кеңесте район прокурорының орынбасары Б.Байманова нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў барысында 2020-жылда әмелге асырылған прокурор бақлаўы жумысларының жуўмақларын додалаў ҳәмде алдағы ўазыйпаларды белгилеў, районның ҳуқық қорғаў уйымлары муўапықластырыўшы Кеңесиниң 2021-жыл биринши ярымына белгиленген ис режесин тастыйықлаў бойынша баянаты тыңланды. Буннан соң, мәжилис қатнасыўшыларда шығып сөйлеп 2020-жылда жумыс бабында жол қойылған қәте-кемшиликлер қатаң түрде сынға алынды ҳәмде орынланыўы бойынша тийисли тараӯлар бойынша ислениӯи керек уазыйпалар белгиленди.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content