Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезектеги он тоғызыншы сессиясы болып өтти. Сессияға район ҳәкими А.Тажетдинов районлық Кеңес депутатлары, сектор басшылары ҳәм кәрхана мәкеме шөлкем басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минстрлигинен районымызға бириктирилген жуўапкер У.Султанов ҳәмде «Микрокредитбанк» басқарыўы департамент баслығы Б.Раджаповлар қатнасты.
Сессия күн тәртибинде:
-Шымбай районында «Мәҳәллебай» үйрениўлер нәтийжесинде ислеп шығылған ис-иләжлар дәстүри ҳаққында.
-Сондай-ақ Социаллық-ҳуқықый, психологиялық қоллап-қуўатлаўға, билим ҳәм кәсип-ѳнерди үйрениўге мүтәжлиги болған ҳаял-қызларды “Ҳаяллар дәптери”не киритилиўине усыныс етиў ҳаққында.
-Шымбай районында “Мәҳәллебай” үйрениўлер жумысларының нәтийжелилиги, районның социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесин жақсылаў бойынша Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министирлигинен районымызға бириктирилген жуўапкер У.Султановтың мәлимлемеси тыңланды.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2020-жыл 8-октябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги “Жәмийетте ҳаяллар ҳәм жаслардың ролин күшейтиў, сондай-ақ, олардың бәнтлигин тәмийинлеў” мақсетинде “Ҳаяллар дәптер”лерин шөлкемлестириў илажлары бойынша мәселелер көрип шығылды.