Декабрь айының орталарында Уллы Британияда анықланған коронавирустың жаңа штаммы ДДСШ хабарына қарағанда, ҳәзир 41 мәмлекеттиң аймақларында анықланған. Өткен ҳәпте Япония, Саудия Арабистаны, Израил ҳәм Қувейт сыяқлы мәмлекетлердиң шегараларын ўақытша жаўып қойғаны ҳаққында мәлим еткен еди.
Бирақ VOC-202012/01 деп аталыўшы коронавирустың бул түри бүгинде тез тарқалып атырған жалғыз штамм емес. Дәслепки рет Түслик Африкада анықланған 501Y.V2 штаммы да ҳәзир 7 мәмлекетке жетип барған.
ДДСШниң хабарына қарағанда, избе-из үшинши ҳәпте дүнья бойлап 4 млн.нан аслам COVID-19 менен зыянланғанлар анықланбақта.