Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шымбай районындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестириўинде болып өткен көшпели қабыллаўларға «Таза жол» АПЖ (1-сектор) турғынлары мүрәжат етти.
Пуқаралар мүрәжәтинде аўылындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектеби филиалы аўыр жарамсыз жағдайда болып, мектепте оқыў мүмкиншилиги жоқ екенлигин мәлим етип, жаӊа мектеп қурып бериўди соранды.
Мүрәжат Президент Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынып, 1-сектор менен биргеликте үйренилди нәтийжеде «Таза жол» АПЖ да жаӊа мектеп қурып берилди.
Мағлыўмат ушын, 13-санлы улыўма билим бериў мектеби филиалы 40 оқыўшы орынға мөлшерленген болып, филиал қурылыс ислерине жәми 417 млн 500 мың сўм қаржы ажыратылып, 2020-жылдың декабрь айында пайдаланыўга тапсырыды.