2020-жыл 19-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Сенаты тәрепинен судлардың искерлигин жәнеде жетилистириў мақсетинде Жынаят-процессуал кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы Нызамлар мақулланды.
Өзбекстан Республика Президентиниң 2020-жылы 24-июль күнги “Судлардың искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманы менен суд-ҳуқық системадасындағы реформалар жаңа басқышқа көтериўге тийкар жаратып берди.
Мәмлекетимиздиң басшысы тәрепинен “бир суд – бир инстанция” институтының еңгизилиўи суд шешимлериниң қайта көриў системасын түптен көрип шығыўға тийкар болды.
Оған көре, халық аралық стандартларға сай рәўиште, суд ислерин бақлаў тәртибинде көриў институты тамамланып, Жоқарғы суд баслығы, Бас прокурор ҳәм олардың орынбасарларының суд қарарлары үстинен бақлаў тәртибинде протест киритиў ҳуқықы бийкар қылынбақта, үш басқыштағы суд системасы жаратылып, биринши инстанция районлық (қалалық) судлары, айрым түрдеги қурамалы ислер бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўалаят ҳәм Ташкент қалалық судлары, апелляция инстанциясы Қарақалпақстан Республикасы, ўалаят ҳәм Ташкент қалалық судлары, кассация инстанциясы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды болып табылады.
Суд шешимине шағым келтириў ямаса келтирмеў бул ис бойынша тәреп, яки болмаса сол истиң шешилиўинде қызығыўшы шахстың ҳуқықы болып, егер ол суд шешиминен разы болса, апелляция тәртибинде шағым арза келтирмеўи мүмкин, егер ис бойынша тәреп, яки болмаса сол истиң шешилиўинде қызығыўшы шахс болған пуқара шығарылған суд шешимине нарийза болса, ол апелляция тәртибинде шағым арза келтиреди, апелляция шағым арза келтириў мүддети алдын 10 күн болған болса, өзгерислерге көре бул мүддет 20 күнге узайтырылмақта, суд шешимине апелляция шағым арза келтириў мүддети өткизилиўи ямаса ис бойынша жаңадан жағдайлар ашылыўы мүмкин, егер апелляция шағым арза келтириў мүддети өткизилген болса, жаңадан ашылған жағдай тийкарлы ямаса мүддетти тиклеў ушын тийкарлар болса, шағым арза келтириў мүддети тиклеп бериледи ҳәм
ис апелляция тәртибинде көрилиўи мүмкин болады.
Бул өзгерислер судларда ислерди узақ мүддет көрилиўин алдын алып, ислерди түрли инстанцияларда қайта-қайта көриў әмелиятына шек қояды.
Жынаят ислери Шымбай районы
районы бойынша судының баслығы А.Хожанов