Шымбай районы «Әзиза» ресторанында «Жаңа ϴзбекстанды жаслар менен биргеликте қурамыз!» ураны астында гала концерт шөлкемлестирилди.
Хабарыңыз бар, усы жылдың 18-25 декабрь күнлери «Жаслар фестивалы» шөлкемлестирилди.
Фестивал шеңберинде:
«Жас дөретиўшилер» таңлаўы, жасларды ғалабалық спортқа кеңирек тартыў мақсетинде «Street workout» көше спорты беллесиўлери, жүзиў, минифутбол спорт жарыслары, сондай-ақ «Жас аспаз», «Жас гитарашылар», «Dance show», мәкеме ҳәм шөлкемлерде ислеўши жаслар арасында «Интеллектуал ринг», «Авто карўан», «Балалар театры», «Тараў ўәкиллери менен ушырасыў», «Мениң кәсибим», «Жас китапқумар» сыяқлы бир қанша жойбарлар әмелге асырылды.
5500 ден аслам жасларды қамтыған фестивалда өзлериниң белсендилигин көрсеткен жасларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.
Жәнеде район ҳәкими орынбасары У.Қалилаев район ҳәкими атынан Жаслар аўқамы Шымбай районлық Кеңесиниң улыўма билим бериў мектеплериндеги басланғыш шөлкем жетекшилерине нәтийжели жумыслары ушын миннетдаршылық билдирип, 14 жетекшиге ҳүрмет жарлықлар естелик саўғалары тапсырылды.
Гала концертте қарақалпақ эстрада қосықшылары Арысланбек Асқаров, Казбек Мырза, районлық Мәденият бөлими қосықшылары тәрепинен кеўил ашар қосықлар атқарылып, фестиваль қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.