Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов ҳәм район ҳәкими А.Тажетдинов Шымбай районындағы «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйинде болды.Мийманлар «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйинде жаратылған шараятлар менен танысып, бул жерде жасап атырған инсанларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.