Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң он сегизинши сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеңес депутатлары, сектор басшылары ҳәм кәрхана мәкеме шөлкем басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Сессияның күн тәртибинде Шымбай районының 2021-жылғы бюджетин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселеси көрип шығылды. Онда Шымбай районы қаржы бөлиминиң баслығы П.Ибраимов мағлыўмат берип өтти. Буннан соң Шымбай районы Медицина бирлеспеси баслығы А.Тажимуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қаралған мәселелер бойынша өзлериниң пикир усынысларын билдирди.