Шымбай районында усы жылдың 18-декабрь сәнесинен басланған «Жаслар фестивалы» ның нәўбеттеги жойбары әмелге асырылды.
Солардан бири «Жас аспазлар» таңлаўы болып, бул таңлаўға 18-30 жас аралығындағы ҳаял-қызлар өзлери жасап атырған мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан белсене қатнасты.
Район орайындағы пайызлы орынлардың бири болған «Әзиза» ресторанында шөлкемлестирилген таңлаўда, ресторан бас аспазы төрешилик қылды.
Таңлаўда өзиниң үй бийкеси ўазыйпасын жақсы орынлап, мазалы тағамларды шаңарақ ағзаларына инам етип киятырған бахытлы шаңарақ ағзалары бири-биринен өзгеше салатлары менен таңлаў төрешилериниң итибарын тартты.
Нәтийжелер ресторан бас аспазы тәрепинен жәрияланды.
1-орынды «Шахтемир» МПЖ аймағынан Г.Мәмбетдурдиева, 2-орынды «Бердақ» МПЖ аймағынан Қ.Далманова, 3-орынды «Оржап» МПЖ аймағынан Н.Есемуратовалар ийеледи.
Таңлаў жеңимпзлары ҳәм белсендилерине район ҳәкимлиги тәрепинен фестивал жуўмағында өткерилетуғын гала концерт ўақтында қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылады.