Фестивал шеңберинде «Мениң қәсибим» жойбары

Фестивал шеңберинде «Мениң қәсибим» жойбары

18.12.2020 17:25:37 237 Баспаға шығарыў

Шымбай районында жайласқан 2-сектор штабында «Жаслар фестивалы» шеңберинде «Мениң қәсибим» жойбары әмелге асырылды.
Жойбарда район Прокурорының аға жәрдемшиси Саламат Бекмуратов, «Гүлхан-Шеразый» театры режесёры Лизахан Абдимуратова, 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң математика пәни оқытыўшысы Салтанат Бердиева жасларға өзлери таңлаған кәсиплери ҳаққында айтып өтти.
Мақсетке ерисиў жолында жоқары билимлерди ийелеў, садықлық, Ўатанды сүйиў ҳәм ардақлаў, өзине ҳәм кәсибине ҳүрмет болса ғана инсан гөзлеген нийетине жете алыўы бүгинги ашық сәўбет ўақтында жасларға терең түрде жеткерилди.
«Гүлхан-Шеразый» театры режесёры Лизахан Абдимуратова образлы түрде монолог оқыды ҳәм жақын дәўир ишинде районымызда үлкен қуўыршақ театрына тийкар салатуғынлығын мәлим етти.

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content