Еслетип өткемиз 2020-жылдың 18-25 декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы бойлап «Жаслар фестивалы»ның өткерилиўи белгиленген.
Бүгин Шымбай районында фестивалдың дәслепки күни жасларды кәсипке-бағдарлаў күни сыпатында белгиленди. Усыған тийкар Мәмлекетлик хызметлер орайында «Тараў ўәкиллери менен ушырасыў» өткерилди. Бунда район ҳәкимлиги, Әдиллик бөлими, районлық халық қабыллаўханасы, Ишки ислер бөлими, Жаслар шөлкеми биргеликте жаслар менен кәсиплик саяхат шөлкемлестирди. Жаслар Мәмлекетлик хызметлер орайында пуқаралар менен ислесиў бойынша жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты ҳәм киши мәжилислер залында ашық сәўбетлесиў өткерилди.