Шымбайлы қараүй соғыўшы уста-өнермент Азамат Турекеев бүгинги күнде дүньяның 34 мәмлекети қатнасып атырған Бирлескен Араб Амирликлериниң Дубай қаласында өткерилип атырған Шейх Зейд Мәдений фестивалына өзи ислеген қараүйи менен қатнасып атыр.
Буннан алдын, Азамат Ташкент қаласында өткерилип киятырған Наўрыз байрамларына, Шахрисабзда өткерилген “Мақом” фестивалына Сурхандарьяда өткерилген “Бахшилар” фестивалына ҳәмде Қоқан қаласында өткерилген “Ҳунармандлар” фестивалларына өзи ислеген қараүйлери менен қатнасып келмекте.
Бүгинги күнде Азамат жаңадан “Қараүй устаханасы”н иске түсирди ҳәм туристлер ушын “Мийман үйи”н ашты. Азамат үйши усталардың үшинши аўлады есапланады. Ол жасларға қараүй соғыў сырларын үйретип келмекте.