Жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановтың жаслар менен өткерген онлайн ушырасыўында Шымбай районы белсенди жаслары тәрепинен Нөкис қаласында жайласқан министрликтиң музейине саяхат шөлкемлестириў усынысы билдирилген еди.
Министр тәрепинен усыныс мақулланды ҳәм район ҳәкимлиги, Ишки ислер бөлими, Жаслар шөлкеми қәўендерлигинде район жасларының 16-декабрь күни музейге саяхаты шөлкемлестирилди.
Жаслардың саяхаттағы дәслепки қәдеми район аймағында жайласқан Мәнаўыят орайы болды.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде жайласқан музей ҳәм хызмет жүзесинен пайдаланылатуғын әскерий қурал-жарақлар, спорт залы, компютер ханалары, музей экспонатлары менен жақыннан танысқан жаслар, өзлерин қызықтырған барлық сораўларына жуўаплар алды.
Саяхатқа атланған жаслардың басым көпшилиги келешекте Ишки ислер тараўына хызмет етиўди алдына мақсет қылғаны ушын бул саяхат олардың кәсипке деген қызығыўшылығын жәнеде арттырды.
Жасларды Ўатансүйиўшиликке бағдарлаған усы сыяқлы әҳмийетли саяхатларға кесте тийкарында районымыздың көпшилик жасларын толығы менен қамтыў режелестирилген.