Өзбасымшалық пенен ийеленген жер майданларын пуқаралық ислерде көрилиў тәртиби

Өзбасымшалық пенен ийеленген жер майданларын пуқаралық ислерде көрилиў тәртиби

16.12.2020 16:18:10 272 Баспаға шығарыў

Көпшилик жағдайларда биз «жер – бул мәмлекетлик меншик, ол пуқараларға яки мәмлекетлик емес юридикалық шахсларға жеке меншик ҳуқықы тийкарында тийисли болыўы мүмкин емес» деген пикирлердиң гүўасы боламыз. Келиң, усы пикиримиздиң ҳуқықый тийкарларын анализ етип көрейик.

Ең дәслеп тийкарғы нызамымыз болған Конституциясының 55-статьясына нәзер таслайтуғын болсақ, онда «Жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳәм де басқа тәбийий (захиралар)  улыўма миллий байлық болып табылады, олардан ақылға уғрас пайдаланыў зәрүр ҳәм олар мәмлекеттиң қорғаўында болып табылады», деп көрсетилген. Демек, жоқарыда айтып өтилген пикир қандай да бир дәрежеде өз тастыйығын табады.

Ал, Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 16-статьясында да өз сәўлелениўин тапқан, яғный онда «Жер мәмлекеттиң меншиги – улыўма миллий байлық болып есапланады, оннан ақылға-уғрас пайдаланыў зәрүр, ол мәмлекет тәрепинен қорғалады ҳәм алды-сатты етилмейди, алмастырылмайды, саўға етилмейди, гиреўге қойылмайды», деп белгиленип гәптиң соңында «Өзбекстан Республикасы нызамларында белгиленген жағдайлар  буған кирмейди», деп айтылған.

Мәмлекеттен басқа пуқаралық-ҳуқықый қатнасыклардың субъектлери болған юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жерге болған мүлкий ҳуқықлары ҳаққында усы кодекстиң 17-статьясында төмендегише түсиник берилген: яғный «юридикалық шахслар Жер кодекси ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине муўапық турақлы ийелик етиў, тураклы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў, ижараға алыў ҳәм меншик ҳуқықы тийкарында жер участкаларына ийе болыўы мүмкин», ал «физикалық шахслар Жер кодекси ҳәм баска нызам ҳүжжетлерине муўапық мийрас етип қалдырылатуғын өмирлик ийелик етиў, турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў, ижараға алыў ҳәм меншик ҳуқықы тийкарында жер участкаларына ийе болыўы мүмкинлиги белгиленген.

Айрым жағдайларда  пуқаралық-ҳуқықый қатнасыклардың субъектлери болған юридикалық ҳәм физикалық шахслардың жерге болған мүлкий ҳуқықлары ҳаққында нызамларды бузыў ҳалатларында ушырасады.

Бундай жағдайлар жүзеге келгенде Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 89-статьясына «юридикалық ҳәм физикалық шахслар ортасындағы жер бойынша даўларды суд тәрепинен нызам ҳүжжетлерде белгиленген тәртипте шешеди» тийкар шешилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, усы Кодекстиң 90-статьясы, 1-бөлими, 2-киши хат басында «жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алғанлықта» айыпдар шахслар нызамда белгиленген тәртипте жуўапкер болыўы белгиленген болса, 91-статьясына көре, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер майданлары оларға нызамсыз рәўиште ийелик қылынған ҳәм пайдаланылған ўақытта қылынған сарп-қәрежетлер қапланбаған тәризде тийислигине көре қайтарылады. Жер майданларын пайдаланыў ушын жарақлы жағдайға келтириў, ондағы имаратларды бузыў жер майданларын өзбасымшалық пенен ийелеп алған шахслар есабынан әмелге асырылады. Өзбасымшалық пенен йиелеп алынған жер майданын жер ийесине, жерден пайдаланыўшыға, жер майданын арендаға алыўшыға яки мүликдарына қайтарыў тийисли район, қала,  ҳәкиминиң қарарына көре яки судтың бийлигине көре әмелге асырылыўы белгиленген.

Ал, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 212-статьясы 1-бәнтине муўапық «Нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қурылыс мақсетлери ушын ажыратылмаған жер участкаларында, сондай-ақ имарат қурыў ушын зәрүр рухсатнама алмастан яки архитектура ҳәм қурылыс нормалары хәмде кағыйдаларын турпайы бузған ҳалда қурылған үй-жай, басқа қурылыс, имарат яки басқа көшпес мүлк, өзбасымшалық пенен қурылған имарат болып есапланады» делинген болса, усы статьяның 3-бәнтине муўапық «Өзбасымшалық пенен имарат қурыў нәтийжесинде ҳуқыклары бузылған шахстың яки тийисли мәмлекетлик уйымның даўасы менен бундай имарат судтың қарарына асас имаратты қурған шахс тәрепинен яки оның есабынан бузып тасланыўы лазым»лығы белгиленген.

Әлбетте, бундай категориядағы пуқаралық ислер суд тәрепинен Өзбекстан Республикасы Пуқаралық процессуаллық кодексиниң 2-киши бөлиминде белгиленген тәртипте көрип шығылады.

Жуўмақластырып айтқанда, жер участкаларын өзбасымшалық пенен ийелеп алғанлық ҳәмде өзбасымшалық пенен имарат қурыў ҳаққындағы ислерди көрип атырғанда жоқарыда көрсетилген нызам талапларына әмел еткен  ҳалда шешиў истиң туўры ҳәм әдил шешилиўине жол ашады.

 

 

М.Сапаев,

Шымбай районлар аралық

пуқаралық ислери бойынша

судының баслығы.                      

 

 

Пайдалы ресурслар
Skip to content