Шымбай район СЭТ ҳәм ЖС бөлими хызметкерлери тәрепинен ЖШЖ «Шымбай дийқан базары» аймағында Шымбай районы гүз-қыс мәўсиминде айрықша жағдайлардың профилактикасын шөлкемлестириў ҳәм 2020-жыл 25-ноябрь-25-декабрь күнлери аралығында «Халықты ҳәм аймақларды Айрықша жағдайлардан қорғаў айлығы» илажын натийжели өткериў ҳаққында режеси тийкарында азық-аўқат өнимлеринен зәҳарлениў, пайдаланыўға жарамсыз азық-аўқат өнимлери саўдасын қадаған етиў бойынша халық арасында түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Шымбай район СЭТ ҳәм ЖС бөлими хызметкерлери ЖШЖ «Шымбай дийқан базары» сатыўшылар ҳәм қарийдарларға аўқаттан зәҳарлениў кеселлиги бойыншада мағлыўматлар берип өтти.